ФИЛИАЛ СТУДЕНТИ ӨЗБЕКСТАН – ВЕНЕСУЭЛА ОЙЫНЫНА ТӨРЕШИЛИК ЕТИЎ УШЫН ЖОЛЛАМА АЛДЫ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының арнаўлы сыртқы бөлиминиң «Футбол» бағдарының 1-курс студенти Асқарбай Арзыбеков киши футбол «футзал» бойынша 27-июнь күни Ташкент қаласында болып өтетуғын Өзбекстан – Венесуэла ойынына төрешилик етиў ушын жоллама алды.

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.