БАЛАЛЫҚТАҒЫ ҲӘЎЕС ШЫНЛЫҚҚА АЙЛАНБАҚТА
Балалықтағы ҳәўес ўақты келип шынлыққа айланатуғынлығы турмыста бар гәп. Омари Шарашенидзеде балалығынан басқа өзи қатарлы теңлеслерине қарағанда сабақтан, үй-жумысларынан бос ўақытларын көбирек көшеде топ теўип, топ пенен ойнаў менен өткеретуғын еди. Баласындағы бул ойынға болған қызығыўшылығын көрген әкеси ҳәр күни жумыстан бос ўақытларында үйиниң алдында жайласқан спорт майданшасында баласы Омари менен бирге ойнап оның спортқа деген қызығыўшылығын арттырып барды. Арадан көп ўақыт өтпей Омариге прогресс билимлендириў орайындағы дене тәрбиясы сабағынан дене шынығыўларын алып баратуғын устазы Виктор Гусев устазлық етип, оны спорттың баскетбол түрине бағдарлай алды. Прогресс билимлендириў орайындағы устазының тынымсыз мийнетлериниң нәтийжесинде Омари бүгинги күнде спорттың баскетбол түринен жетик спортшыға айланып бармақта. Омари Прогресс билимлендириў орайында ҳәм Ташкент хабар технологиялары университети қасындағы академиялық лицейде оқып жүрген пайытларыда бир қатар спорт жарысларына қатнасып жақсы жетискенликлерге ерисип үлгерди. Атап айтатуғын болсақ 2015-жылы “Умит нәлшелери” спорт жарыслары ойынларында спорттың баскетбол түринен Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында 1-орынды ийелеўге миясар болды. Өзбекстан Республикасы жаслар спорты сайланды командасы қурамында 2016-жылы Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамының “Кубоги” ушын Россия Федерациясының Кубан қаласында спорттың баскетбол түринен болып өткен спорт жарысында 1-орынды ийелеген.

-Ең дәслеп Прогресс билимлендириў орайында сабақ барысында Омариниң спортқа деген, әсиресе, спорттың баскетбол түрине болған қызығыўшылығының басым екенлигин сезгенмен. Сабақ барысында Омариге баскетбол спортының сырларын, яғный, техникаларын тынымсыз үйретип бардым. Мен устаз-тренер сыпатында мийнетлерим босқа кетпеди деп ойлайман. Себеби, шәкиртим Омари Ташкент қаласы сайланды командасы қурамында 2017-жылы спорттың баскетбол түринен “Жас өспиримлер кубоги” ушын Наманган қаласында болып өткен жарыста 1-орын жеңимпазы болды. Және, 18 жасқа шекемги жаслар арасында 2017-жылы Наўайы қаласында “Өзбекстан кубоги” ушын болып өткен жарыстада шәкиртим 1-орынды ийеледи,- дейди тренери Виктор Гусев.

Ҳәзирги күнде Омари Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының “Баскетбол” бағдарынын 2-курсында профессор-оқытыўшылардан билим алмақта. Ол филиалда билим алыў менен бирге қаламызда жайласқан Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетикаға қәнигелестирилген спорт мектебинде тренери Виктор Гусев пенен турақлы түрде шынығыўлар алып бармақта. 2018-жылы Армения мәмлекетиниң Ереван қаласында өткерилген жарыста Өзбекстан Республикасы жаслар спорты сайланды командасы қурамында 3-орынды жеңип алған болса, 2018-жылы августь айында Малазия мәмлекетинде “Баскетбол 3х3” түри бойынша “Азия кубоги” ушын өткерилген жарыста ҳәм 2018-жылы Қазақстан Республикасының Көкшетаў қаласында “Қазақстан ашық кубоги”не Өзбекстан Республикасы жаслар спорты сайланды командасы қурамында белсене қатнасып қайтты. 2021-жыл февраль айында баскетбол бойынша “Өзбекстан кубоги” чемпионы ҳәм 2021-жылы баскетбол бойынша болып өткен Өзбекстан чемпионатында қатнасып чемпион болды. 2018-жылдан берли баскетбол бойынша Өзбекстан Республикасы жаслар спорты сайланды командасының тийкарғы қурамы ағзасы. Ҳәзирги күнде Омариге сайланды команда қурамында Батыр Мирадилов тренерлик етип келмекте.

Омари Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшыларының берген билимлерин терең өзлестирип келешекте буннанда жоқары шеклерди ийелеп, мәмлекетимиз байрағын халықаралық спорт ареналарында бәлентлерге көтереди деп ойлаймыз.

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.