Отаў – ата-бабаларымыздан киятырған бийбаҳа мәдений мийрасымыз
Отаў – ата-бабаларымыздан киятырған бийбаҳа мәдений мийрасымыз, халқымыздың миллий өзине тән, ең әййемги ҳәм тийкарғы баспанасы болып есапланады, қарақалпақ халқының дүньяға көз-қарасларын, исенимлерин, салт-дәстүрлерин, үрп-әдетлерин сәўлелендиретуғын этникалық элементлерге бай болып, өзиниң қурылысы, көриниси, безетилиўи, төселиўи менен басқа халықлардың отаўынан әдеўир өзгешеликлерге ийе.
Отаў ағаш, гезлеме, тоқыма ҳәм кийиз бөлеклерден турады. Қарақалпақ отаўының дүзилиси ҳәм дәстүрий баў-шуўлары сондай етип безетилген, ҳәтте отаўға кирген адам өзин тәбият қойнына кирип, әлемниң орайында турғандай сезеди.
Қарақалпақ отаўларының ишки безетилиўи әсирлер бойы қәлиплескен ҳәм отаўдың ишиндеги айырым буйымларды жайластырыў дәстүрлери ҳәзирге шекем сақланып қалған. Отаў иши оң жақ ҳәм шеп жақ деп бөлинген. Бул бөлимлерде шаңарақтың белгили бир буйымлары, затлары сақланған. Оң жақ ерлерге тийисли болған, ал шеп жақ ҳаяллар, хожалық жумыслары ушын арналған (қазан-аяқ)…
https://t.me/joqargikenes