ӘМЕЛДЕГИ ИШКИ ИСЛЕР ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ ПЕРЗЕНТЛЕРИ УШЫН ҚОСЫМША МӘМЛЕКЕТЛИК ГРАНТЫ ТИЙКАРЫНДА 1-ОРЫН АЖЫРАТЫЛДЫ
Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде мүнәсип үлес қосқан. Хызмет ямаса илимий жумысында жоқары нәтийжелерге ерискен ишки ислер уйымларының әмелдеги хызметкерлериниң перзентлери ушын Өзбекстан Республикасы оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының
2021-жыл 2-июль күнги 1-санлы баянламасы тийкарында жоқары оқыў орынларына улыўма белгиленген қабыллаў көрсеткишлерине жоқары оқыў орынлары кесиминде салыстырғанда қосымша үш пайызлы мәмлекетлик грант орынлары ажыратылды.
Яғный, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына 1 орын бөлистирилди.
Филиал Баспасөз хызмети