Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

МИЛЛИЙ ОЛИМПИАДА КОМИТЕТИНИҢ ИСШИ ТОПАРЫ ТОКИОҒА ЖЕТИП БАРДЫ

Кеше түнде Миллий олимпиада комитети баслығының орынбасары,  оператив штаб басшысы Шерзод Тошматов басшылығындағы исши топар Японияның Токио қаласына жол алған еди ҳәм ўәкиллеримиз белгиленген мәнзилге жетип барып, тийкарғы делегацияның келиўи ушын зәрүр таярлық жумысларын баслап жиберди.

 Бул ҳаққында Миллий олимпиада комитети баспасөз хызмети хабар берди. Миллий олимпиада комитети исши топары ағзалары күншығыс мәмлекетине жетип барғаннан кейин, бәринен бурын, Нарита аэропортында белгиленгениндей коронавирусқа қарсы тест тапсырды ҳәм тест нәтийжелери шыққанан соң олар өз жумысларын баслады.

Исши топар ағзалары әйне ўақытта Олимпиада қалашасында ” Токио-2020″ шөлкемлестирилген комитети координаторы менен Өзбекстан делегациясы ўәкиллерин дизимнен өткерип атыр.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан делегациясының тийкарғы бөлеги 19-июль күни Японияға жол алады ҳәм 20-июль сәнесинен баслап Токиода шынығыў алып баратуғын бокс, таэквондо ҳәм дзюдо командалары менен Олимпиада қалашасына жайласады.

Дерек: ӨзА.