ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ФУТБОЛ БОЙЫНША ХХVIII ЧЕМПИОНАТЫ УШЫН ОЙЫНЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-май күнги «Аймақларда футбол ассоциациялары хызметин жǝне де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде ҳәм Қарақалпақстан Республикасында футбол спорты түрин ғалабалық түрде раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў, баллар ҳǝм жас ɵспиримлерди футболға таярлаў, тǝрбиялаў, халық саламатлығын беккемлеў, «Арал самалы» футбол клубы ушын исенимли резервти қǝлиплестириў, ең күшли командаларды анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатлығы ушын ойынлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатлығы ушын өткерилип атырған ойында ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы менен ɵз-ара беллести.
Қызғын беллесиўлерге бай тǝризде болып ɵткен жарыста ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының командасы қарсыласы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасын 4:2 есабы менен жарысты жуўмақлады.
Яғный, ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы қарсылас команданы 4:2 есабында жеңип, жеңиске еристи.
ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасын ойынға тренер И.Абдуллаев таярлады.
Филиал Баспасɵз хызмети.