Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ӨЗБЕКСТАН ДЕЛЕГАЦИЯСЫ ТОКИОДА

Оlympic.uz сайтының берген мағлыўматына қарағанда кеше түнде XXXII жазғы Олимпиада ойынларына жол алған Өзбекстан делегациясы Токионың Нарита аэропортына жетип барды. Шөлкемлестириў комитетиниң шәртлерине бойсынған ҳалда делегациямыз ағзалары аэропортда коронавирусқа қарсы тест тапсырмақта ҳәм басқада зәрүр жумыслар тамамланғаннан соң олар қалаға киритиледи. Соның менен спортшыларымыз ажыратылған арнаўлы транспорта Олимпиада қалашасына қарай жол алады.
XXXII жазғы Олимпиада ойынларында қатнасатуғын Өзбекстан делегациясы арнаўлы ажыратылған чартер рейс пенен “Boeing 787 Dreamliner” ҳаўа кемесинде Токиоға жетип барды. Токио-2020 Олимпиада ойынларының салтанатлы ашылыў мәресими 23-июль күни өткериледи. Жерлеслеримиз
24-июль күни медаллар ушын беллесиўге түседи.

Еслетип өтемиз, Токио-2020 Олимпиада ойынларына Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы психология (спорт) бағдарының студенти Зайнаб Дайыбековада спорттың қылышпазлық түринен қатнаспақта.

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.