Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

МИНИСТР ОРЫНБАСАРЫ ФИЛИАЛЫМЫЗДА

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2021-жыл 16-июнь күни «Жоқары оқыў орынларында реформалар нәтийжелиги ҳәм жаңа оқыў жылына таярлық барыслары ҳаққында» өткерилген видеоселектор жыйналысының 34-санлы баянламасы тийкарында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл 13-август күнги 342-санлы буйрығы менен жоқары билимлендириў оқыў орынларының 2021-2022-оқыў жылына таярлық барысын орынларға шығып үйрениў мақсетинде исши топар шөлкемлестирилип, жуўапкер етип бекитилген қәнигелер тәрепинен жоқары оқыў орынларының жаңа оқыў жылына таярлық барысы үйренилмекте.

Усы буйрық тийкарында 2021-жыл 16-август күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри орынбасары С.Бузрукхонов Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында болып, филиалдың жаңа оқыў жылына таярлық барысы менен жақыннан танысты ҳәм өзиниң пикир, усынысларын билдирди.

Филиал Баспасөз хызмети.