МИНИСТРЛИК ЖОҚАРЫ ОҚЫЎ ОРЫНЛАРЫНДА ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ДӘСТҮРИЙ ТӘРИЗДЕ БАСЛАНЫЎЫ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ХАБАРЛАРҒА МҮНӘСИБЕТ БИЛДИРДИ
Социаллық тармақларда жаңа оқыў жылында оқыў дәстүрий (oflayn) тәризинде басланыўы ҳаққындағы хабар тарқалған еди. Әйне ўақытта Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынларының пандемия шәраятында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда оқыў процесин дәстүрий (офлайн) тәризде шөлкемлестириў бойынша таярлық жағдайы үйренилип атырғанын мәлим етти. Үйрениўлер нәтийжесине тийкарланып тийисли мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынылмақта. Жоқары билимлендириў орынларында оқытыў барысын шөлкемлестириў бойынша үйрениўлер барысының арнаўлы жуўмағы шығып тастыйықланғаннан соң, министрлик сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы анық рәсмий түрде мағлыўмат бериледи.

Усы орында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги талаплары пандемия шәраятында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларына қатаң әмел етиўлери, олардың ата-аналары ҳәм перзентлери саламатлығына жуўапкершилик пенен қараўлары ҳәм әлбетте, вакцина алыў процеслерине белсене қатнасыўларын соранады.
Дерек: Edu.uz.