Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ШЕМБИЛИК – ТЫНЫШ ЕЛГЕ ЖАРАСАДЫ

Ҳәр жылы Ўатанымыз Ғәрезсизлиги байрамы қарсаӊында өткерилиўи дәстүрге айланған улыўмахалықлық шембилик Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы мийнет жәмәәти тәрепиненде жоқары шөлкемлескенлик пенен басланып кетти. Елимиз бойлап коронавирус пандемиясы тарқалыўыныӊ алдын алыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтыӊ социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 12-август күнги 455-Ф-санлы бийлигине тийкарланып усы жылдыӊ август айы «Мәҳәллелерди абаданластырыў» айлығы етип белгиленген еди. Бийликке тийкарланып 21-август күни улыўмахалықлық шембилик күни Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры басшылығында профессор-оқытыўшылар, илимий ҳәм жуўаплы хызметкерлери ықтыярый түрде өзлери мийнет ислеп атырған оқыў орныныӊ әтирапларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын белсендилик пенен көтериӊки руўхта алып барды.

Филиал Баспасөз хызмети.