Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

XVI ЖАЗҒЫ ПАРАЛИМПИАДА ОЙЫНЛАРЫНЫҢ АШЫЛЫЎ МӘРЕСИМИ БОЛЫП ӨТТИ

Токиодағы «Олимпиада» стадионында 24-август күни XVI жазғы паралимпиада ойынларының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Дүнья халықлары арасында дослық ҳәм татыўлық байланысларын беккемлеў, саламат бәсеки принциплерин раўажландырыўда спорт жарыслары, атап айтқанда, олимпиада ойынларының әҳмийети шексиз. Жер жүзинде жүз берип атырған қурамалы эпидемиологиялық жағдайға қарамастан XXXII жазғы олимпиада ойынларын жоқары дәрежеде шөлкемлестирген Япония бүгин және дүнья халқының нәзерин өз майданларына қаратты.

XVI жазғы паралимпиада ойынларында 162 мәмлекеттиң мәртлик ҳәм ерк-ықрар тымсалы болған параспортшылар «Бизиң қанатларымыз бар» сүрени астында өз мәмлекетлериниң байрағын избе-из олимпиада стадионы бойлап алып өтти. Жанажан Ўатанымыздың байрағын болса параканоэ бойынша жәҳән чемпионы Шаҳноза Мирзаева және параатлетшимиз Муҳаммад Рихсимов Токио майданында жоқары услап, Өзбекстанның атын улығлады.

Ертеңнен паралимпиаданың маўасасыз гүреслерине старт бериледи. Биринши жарыслар паражүзиўшилер арасында 100 метрге баттерфляй усылында жүзиў бойынша өткериледи. Паралимпиада ойынларының бул бағдарында мәмлекетимиз спортшыларынан Шоҳсанам Тошпўлатова, Нигора  Мирзоҳидова, Муслима Одилова қызлар жарысларында қатнасса, Ислам Асланов ҳәм Музаффар Турсунхўжаев ул балалар арасындағы жарысларда Ўатанымыздың абырайын қорғайды.

Еслетип өтемиз, XVI жазғы паралимпиада ойынларында дүньяның 4400 спортшысы 22 спорт түриндеги медальлар жыйындысы ушын гүрес алып барады. Мәмлекетимиздиң  48 ерк-ықрарлы параспортшысы болса 8 спорт түриниң 55 бағдарындағы сыйлы орынларға талабанлық етпекте. Ўәкиллеримизге күншығыс елиндеги маўасасыз беллесиўлерде әўмет тилеймиз.

Тўлқин РЎЗИЕВ.