Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

МИЙНЕТИ МҮНӘСИП БАҲАЛАНҒАНЛАР АРАСЫНДА ДАЙЫБЕКОВА ЗАЙНАБТА БАР

Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциалын арттырыўдағы, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы нәтийжели хызметлери, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын «Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының   6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумыныӊ қарар менен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы» атағы менен Ɵзбекстан мəмлекетлик дене тəрбия ҳəм спорт университети Нɵкис филиалы студенти, қылышпазлық спорт түри бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзасы, Токио-2020 Олимпия ойынлары қатнасыўшысы Дайыбекова Зайнаб Казбековна да сыйлықланды.

Филиал Баспасөз хызмети.