Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министирлиги кириў имтиханлары нәтийжелерине бола, еселенген төлемли контракт тийкарында оқыў қәлеўинде болған абитуриентлерден усы жылдың 1-октябрине шекем тийисли жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссияларына арза тапсырыўды сораған. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министирлиги хабар бермекте.

Хабарда 2021-жылдың 1-октябрь сәнеси жоқары оқыў орынларында «супер контракт» тийкарында оқыўды қәлеўши абитуриентлер арза тапсырыўы ушын соңғы мүддет етип белгиленди. 

Филиал Баспасөз хызмети.