Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Қызларымыз күшлилилер арасынан топты жарып шықпақта

Пайтахтымыз Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасыныӊ «Дене тәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында»ғы Нызамы, Министрлер Кабинетиниӊ 1999-жыл 27-майдағы «Өзбекстан дене тәрбиясы ҳәм спортты және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 271-санлы, сондай-ақ, Федерацияныӊ дене тәрбиясы ҳәм ғалаба спортты раўажландырыў Концепциясында белгиленген ўәзийпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў, «11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни»не арнап тараўлық кәсиплик аўқамлары системасындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға кеңнен тартыў, спорт-саўалландырыў илажлары арқалы денсаўлықларын тиклеўге жәрдем бериў, спорттың ғалабалық түрлерине қамтыў, хызметкерлерди ҳәр қыйлы кәсиплик кеселликлеринен спорт ҳәм саламат турмыс тәризи тийкарлары арқалы қорғаў мақсетинде қаламыздағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (манеж) «Спорт-саламатлық гиреўи!» сүрени астында спорттыӊ стол тенниси, волейбол, шашка, шахмат, минифутбол түрлери бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланып шөлкемлестирилип атырған  республикалық Спартакиаданың Қарақалпақстан Республикалық басқышына старт берилген еди.

Алдын хабар бергенимиздей Спартакиаданың қалалық басқышында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ профессор-оқытыўшы, хызметкер қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы спорттыӊ волейбол түринен қалалық басқышында Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби (манеж) ҳәм Олимпия резервлери колледжиниӊ сайланды командалары менен өз-ара күш сынасып жарыс соӊында барлық қарсылас командаларынан үстин келип 1-орынды ийелеп, жарыстыӊ кийинги Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизген еди.

Күни кеше Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (манеж) болып өткен Спартакиаданың Қарақалпақстан Республикалық басқышында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ профессор-оқытыўшы, хызметкер қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы Шоманай, Хожели, Әмиўдәрья, Мойнақ районларынан келген қызлар арасынан дүзилген сайланды командалары менен ойынға түсип өз-ара күш сынасты ҳәм филиалымыздыӊ профессор-оқытыўшы, хызметкер қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы ағзалары өзлериниӊ күшлериниӊ теӊсиз екенлигин көрсетип қарсылас командаларынан толық үстин келип 1-орынды ийелеп, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен арнаўлы диплом, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады ҳәм жарыстыӊ кейинги басқышына жолламаны қолға киргизди.

Филиалымыздыӊ профессор-оқытыўшы, хызметкер қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы Спартакиаданың кейинги басқышында 25-октябрьге шекем Үргениш қаласында болып өтетуғын ўәлаятлараралық аймақлық басқышында Хорезм ўәлаяты командалары менен өз-ара күш сынасады.

Спартакиада жарысында бириншиликти қолдан бермей киятырған филиалымыз қызлары арасынан дүзилген сайланды командасы ағзаларына жарыстыӊ кейинги басқышында да күшлилилер арасынан топты жарып шығып бириншиликти алып келиўлерине тилеклеспиз.

Филиал Баспасөз хызмети.