ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТУРНИРИ БОЛЫП ӨТТИ
Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Өзбекстан жүзиў федерациясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби менен биргеликте «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў жылы»на байланыслы спорттыӊ жүзиў түри бойынша 2003-жылы туўылған ҳәм оннан үлкен жастағы жаслар арасында Қарақалпақстан Республикасы турнири болып өтти.
Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет спорттыӊ жүзиў түрин раўажландырыў, халықаралық ареналарына мүнәсип спортшыларды таярлаў, олардыӊ шеберлигин арттырыў, усы жылдыӊ октябрь айында Ташкент қаласында болып өтиўи нәзерде тутылған Өзбекстан турнирине қәбилетли спортшыларды таӊлап алыў, жаслардыӊ бос ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериў, олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм Қарақалпақстан Республикасыныӊ сайланды командасын дүзиў.
Турнирге Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлериде қатнасты. Олар қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өткен жарыс жуўмағында филиалымыз атынан қатнасқан спортшылар 4 алтын, 11 гүмис ҳәм 9 бронза мелалын қолға киргизди.
Жарыста қатнасып сыйлы орынларды ийелеген студентлерди филиалымыз жәмәәти атынан қызғын қутлықлаймыз ҳәм оларға алдағы спорт жарысларында да сыйлы орынларды ийелеп келиўлерине тилеклеспиз.
Филиал Баспасөз хызмети.
