Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Филиалдыӊ профессор-оқытыўшылары өз-ара күш сынасты

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январь күнги «Өзбекстан Республикасында дене тәрбиясы ҳәм спортты жәнеде жетилистириў ҳәм ғалабалығына ерисиў бойынша ис-илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 30-октябрь күнги «Саламат турмыс тәризин кеӊ ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы Пәрманларыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, республикамызда спорт түрлерин раўажландырыў, спорт шеберлигин жетилистириў, халқымыз арасында дене тәрбиясы ҳәм спортты кең үгит-нәсиятлаў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў, филиал хызметкерлерин спортқа кеӊнен қамтып алыў ҳәм саламат турмыс тәризин ен жайдырыў мақсетинде 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен орайлық “Туран” стадионында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери спорттыӊ бир неше түрлери бойынша өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өткен жарыс соӊында I-II-III орынларды ийелеген жеӊимпаз спортшылар Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы «Арал» спорт клубы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Филиал Баспасөз хызмети.