ЖЕӉИСИӉ МҮБӘРЕК МЕДЕТБАЙ!
Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы ҳәм Өзбекстан бадминтон федерациясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте «Спортқа меҳир қой, спорт пенен жаса» ураны астында Өзбекстан Республикасы бойлап өткерилип атырған спорт фестивалыныӊ бадминтон түри бойынша Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Жарысқа республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларынан келген спортшылар спорттыӊ бадминтон түринен өз-ара күш сынасты. Қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өткен жарыс жуўмағында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ Билим сапасын қадағалаў бөлиминиӊ баслығы Медетбай Рамазанов жеӊимпазлар қатарынан орын алып 2-орын менен сыйлықланды.
Филиалымыз атынан қатнасып сыйлы 2-орынды ийелеген Медетбай Рамазановты ерискен жеӊиси менен жәмәәтимиз атынан қутлықлаймыз.
Филиал Баспасөз хызмети.
