Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

“Абу-Райхан Беруний мийрасларын үйрениў” атамасында мәжилис болып өтти

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыниң профессор-оқытыўшылары ҳәм зийрек студентлери қатнасыўында “Абу-Райхан Беруний мийрасларын үйрениў” атамасында мәжилис болып өтти.

Мәжилисти филиалдыӊ Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары М.Айтымбетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Ол өз сөзинде ҳүкиметимиз тәрепинен билимлендириў тараўына қаратылған үлкен итибар, әсиресе, илим менен шуғылланыўды қәлеўши ҳәм шуғылланып атырған жасларға жаратылған имканиятларға, олардыӊ мийнетлерин хошаметлеў мақсетинде ажыратылып атырған стипендияларға айрықша тоқтап өтти. Оннан соӊ Өзбекстан Республикаси Илимлер академияси Қарақалпақстан бөлими Гуманитар илимлер илим-изертлеў институтыныӊ үлкен илимий хызметкери Қ.Турекеев сөзге шығып ол өз сөзинде уллы ойшыл Абу-Райхан Беруний мийраслары, бизге шекем жетип келген шығармалары ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти. Буннан соӊ сөзге шыққан бир қатар профессор-оқытыўшылар уллы ойшыл бабамыздыӊ өмири, келешек әўладлар ушын қалдырған бийбаҳа мийнетлери ҳаққында жыйналғанларға кеӊ түрде мағлыўматлар берип өтти.
Мәжилис қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына сөзге шыққан баянатшылардан анық жуўаплар алды.

Филиал Баспасөз хызмети.