ХХХII жазғы Олимпиада ойынлары қатнасыўшылары менен ушырасыў болып өтти
Усы жылдыӊ 23-июль ҳәм 8-август күнлери Токио қаласында болып өткен ХХХII жазғы Олимпиада ойынларында қатнасып, республикамыз тарийхында бириншилерден болып жоқары нәтийжелерге ерискен Зайнаб Дайыбекова спорттыӊ қылышпазлық түри бойынша, Жалғасбай Бердимуратов спорттыӊ грек-рим түри бойынша, Шарафатдин Балтабаев спорттыӊ дзюдо түри бойынша ҳәм спорттыӊ қылышпазлық түри бойынша Шерзад Мамутовлар ҳәм жүзиў бойынша Адилбек Юсупбаев, спорттыӊ дзюдо түри бойынша еки мәрте Азия чемпионы Гүльнур Муратбаевалардыӊ спорттағы ерискен жетискенликлерин ҳәм ҳәр бир спорттыӊ өзине тән машақатлары менен студент жасларды жақыннан таныстырыў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы жәмәәти басшылығыныӊ шөлкемлестириўинде ушырасыў болып өтти.
|
|
|
Ушырасыўды Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры Байрам Мамбетов ашты ҳәм басқарып барды. Филиал директоры дәслеп өз сөзинде келген мийманлардыӊ ерискен жетискенликлери менен ушырасыў қатнасыўшылары жақыннан таныстырды, оларды спорт тараўындағы ерискен табыслары менен қутлықлады ҳәм алдағы спорт жарысларында табыслар тиледи. Оннан соӊ Өзбекстан Миллий олимпия комитетиниӊ Қарақалпақстандағы ўәкили Сансызбай Сапарниязов сөзге шығып ол өз сөзинде ХХХII жазғы Олимпиада ойынларына қатнасыўдыӊ өзи үлкен жетискенлик екенлиги ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.
Филиал жәмәәти басшылығы тәрепинен шөлкемлестирилген ушырасыўға Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм Наўайы кәншилик институты Нөкис филиалыныӊ студент жаслары қатнасты.
|
|
|
Ушырасыў барысында студент жаслар ХХХII жазғы Олимпиада ойынлары қатнасыўшыларына өзлерин қызықтырған сораўларын берди ҳәм олардыӊ спорт бағдарында ерискен табыслары менен жақыннан танысты.
Илаж соӊында ХХХII жазғы Олимпиада ойынлары қатнасыўшыларына Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ естелик саўғалары тапсырылды.
Филиал Баспасөз хызмети.




