ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ФУТБОЛ БОЙЫНША ХХVIII ЧЕМПИОНАТЫНДА ФИЛИАЛЫМЫЗ КОМАНДАСЫ ЖЕӉИМПАЗ
Алдын хабар бергенимиздей ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-май күнги «Аймақларда футбол ассоциациялары хызметин жǝне де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде ҳәм Қарақалпақстан Республикасында футбол спорты түрин ғалабалық түрде раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў, балалар ҳǝм жас ɵспиримлерди футболға таярлаў, тǝрбиялаў, халық саламатлығын беккемлеў, «Арал самалы» футбол клубы ушын исенимли резервти қǝлиплестириў, ең күшли командаларды анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатлығы ушын мәкеме-кәрхана ҳәм шөлкемлер арасынан дүзилген командалар өз-ара избе-излик пенен Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатлығы ушын ойынға түсип күш сынасып келмекте еди.
Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатлығы ушын өткерилип атырған ойынныӊ финал басқышына барлық қарсылас командалардан үстин келип финалға жетип келген ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ командалары усы жылдыӊ 20-октябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан «Туран» орайлық стадионында еки жоқары оқыў орныныӊ студент жаслары арасынан дүзилген сойланды командалар өз-ара күш сынасты.
Қызғын беллесиўлерге бай тǝризде болып ɵткен чемпионатта ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының сайланды командасы ағзасы Юсупов Жаҳангир тәрепинен қарсылас команданыӊ дарўазасына еки гол киритилди ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ командасын 2:1 есабы менен ойынды жуўмақлады.
Яғный, ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы қарсылас команданы 2:1 есабында жеңип жеңиске еристи.
Еслетип өтемиз, ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалыныӊ сайланды командасы ағзаларын ойынға тренер И.Абдуллаев таярлады.
Филиал Баспасɵз хызмети.



