МҒКАда 20-октябрь күни болып өткен баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы Мақсуд Ҳамраев жоқары оқыў орынлары қашаннан баслап «супер контракт» шәртнамаларын бере алатуғыны ҳаққында мағлыўмат берди. Бул ҳаққында «Bugun.uz» жазбақта.

Мәлим етилиўинше, еселенген контракттың минимал шәртнама баҳалары мәмлекет комиссиясы тәрепинен тастыйықланыў мүддети Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық 20-октябрьге шекем деп белгиленлен.

Айтылыўынша, ҳәзирги ўақытта мәмлекет комиссиясы минимал шәртнама баҳаларын тастыйықлап, жоқары оқыў орынларына жиберген ҳәм 20-октябрьден баслап еселенген контракт ушын усыныс етилгенлер дизими тастыйықланыўы күтилмекте.

Олар шәртнаманы «t-contract online» системасы арқалы ямаса жоқары оқыў орынларынан алыўы мүмкин екени ҳаққында айтылды.

Сондай-ақ, 20-ноябрьге шекем коронавирусқа қарсы толық емленген супер контракттағы студентлерге де шәртнамаларында 10 процентлик шегирме қолланыўы айтып өтилди.

Филиал Баспасɵз хызмети.