Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы бос турған төмендеги лаўазымлар ушын таӊлаў жәриялайды
Кафедра баслығы лаўазымына:
– «Жеке гүрес ҳәм тәбийий пәнлер кафедрасы»на 1 штат бирлигине;
Ассистент-оқытыўшы лаўазымына:
– дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (спорт искерлиги: баскетбол) қәнигелиги бойынша 1 штат бирлигине;
– дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (спорт искерлиги: футбол) қәнигелиги бойынша 1 штат бирлигине;
– дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (спорт искерлиги: еркин гүрес) қәнигелиги бойынша 1 штат бирлигине;
– дене тәрбиясы ҳәм спорт шынығыўлары теориясы ҳәм методикасы (спорт искерлиги: қол тобы) қәнигелиги бойынша 1 штат бирлигине;
Кафедра баслығы лаўазымына – тийисли қәнигелик бойынша профессор яки доцент илимий атақларына ийе, илим кандидаты, философия докторы (PhD), илим докторы ямаса илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежелерине, сондай-ақ, тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиӊ оларға теӊлестирилген басқа илимий дәрежелерине ийе болған қәнигелер қатнаса алады.
Ассистент-оқытыўшы лаўазымына – тийисли қәнигелик бойынша илимий дәрежеси бар (PhD) ямаса магистрлық дәрежесине ийе болған жоқары мағлыўматлы қәнигелер қатнасады.
Таңлаўға қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер тапсырылады:
– Филиал директоры атына арза;
– Кадрларды есапқа алыў бойынша жеке қағазы (автобиография менен);
– Мағлыўматнама (объективка);
– Паспорт көширмеси;
–Дипломлар (жоқары мағлыўмат, илимий дәреже ҳәм илимий атақлар ҳаққында), сертификатлардың көширмеси;
– Мийнет дәптершесинен көширме;
– 3.4 форма бойынша илимий мийнетлер дизими ҳәм олардың көширмелери (соңғы 5 жыл);
– Қәнигелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гуўалығы көширмеси;
–Ашық сабақ өткенлиги ҳаққындағы баянлама (оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары тәрепинен тастыйықланған).
Арзалар газетада дағаза жәрияланған күннен баслап 1 ай мүддет ишинде қабыл етиледи.
Еслетпе: талабанлардың жоқарыдағы спорт тәлим бағдарларына қәнигелескенлиги айрықша итибарға алынады.
Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматларды Өзбекстан дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Илимий кеңесинен билиўиңизге болады.
Талабанлардан ҳүжжетлер 2021-жылдыӊ 26-ноябрь сәнесине шекем қабыл етилетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Мәкән жайымыз: Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси, 24-жай.
Телефонлар: (61) 224-20-58, (93) 485-87-12.
