Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

“Директор кубоги” жеӊимпазлары анықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрь күнги «Саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы арнаўлы Пәрманы талапларыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент жаслары арасында спорттыӊ  жеӊил атлетика түрин раўажландырыў, спорт шеберлигин жетилистириў, филиал сайланды командасына қәбилетли, ҳәр тәреплеме шаққан  жасларды сайлап алыў, дене тәрбиясы ҳәм спортты кең үгит-нәсиятлаў, арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў, филиал студенлерин спортқа кеӊнен қамтыў ҳәм саламат турмыс тәризин ен жайдырыў мақсетинде усы жылдыӊ 29-октябрь күни орайлық “Туран” стадионында филиал студент жаслары арасында спорттыӊ жеӊил атлетика түринен “Директор кубоги” ушын жарыс өткериледи.

Жарыс Халықаралық жеӊил атлетика федерациясы қағыйдаларына муўапық алып барылады.

Қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өткен жарыс қатнасыўшылары 100, 200, 400, 1500 метр аралыққа жуўырыў арқалы өз-ара күш сынасты.

Жарыс соӊында жеке ҳәм командалық есапта жеӊимпазлар анықланды. Яғный командалық есапта 1-орын Спорт түрлери факультетиниӊ футбол қәнигелигине, 2-орын усы факультеттиӊ жеӊил атлетика қәнигелигине ҳәм 3-орын  мектепке шекемги баслаўыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт қәнигелигиниӊ командаларына несип етти. Жеңимпазлар Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм «Арал» спорт клубы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Филиал Баспасөз хызмети.