Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Әмелдеги басланғыш шөлкем жетекшиси қайта тайынланды

Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы орайлық Кеӊесиниӊ 2017-жыл 22-августь күнги 39,10-санлы қоспа қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Жаслар аўқамыныӊ жоқары билимлендириў мәкемелериндеги басланғыш шөлкемлери хызметлериниӊ өнимдарлығын асырыў, 2021-2022-оқыў жылында оқыў орынларында белсенди ҳәм жетекши жасларды таӊлаў ҳәм мүнәсип деп табылған талабанлардыӊ сайлаўларын өткериў режелестирилген еди.

Усы реже тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ әмелдеги басланғыш шөлкем жетекшиси Джақсымуратов Ислам Азатбаевич филиалдыӊ басланғыш шөлкем жетекшиси етип қайта тайынланды.

Еслетип өтемиз, Джақсымуратов Ислам Азатбаевич 2019-жыл 4-ноябрь сәнесинен берли Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ басланғыш шөлкем жетекшиси болып жумыс ислеп келмекте.

Филиал Баспасөз хызмети.