Филиалымыз оқытыўшы ҳәм студентлери чемпионлар қатарында
Улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм жоқары оқыў орынларыныӊ студентлери арасында спорттыӊ еркин гүрес түрин раўажландырыў, мектеп оқыўшылары арасынан жас талантлы спортшыларды таӊлап алыў, республика сайланды командасын муўапықластырыў, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасын шөлкемлестириў, күшли спортшыларды анықлаў, тренер ҳәм төрешилердиӊ тәжрийбесин асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы, Олимпия ҳәм спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби ҳәм Қарақалпақстан Республикасы спорт гүреслери бойынша федерациясы менен биргеликте 2003-жылы туўылған ҳәм оннан үлкен жастағы ҳаял-қызлар арасында спорттыӊ ҳаяллар гүреси түринен Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа қатнасқан филиалымыз оқытыўшысы Ш.Джоллыбаева ҳәм студентлер Ш.Вапаева, Г.Аллаярова, Д.Өсербаевалар сыйлы биринши орынды ийелеген болса, ал У.Айтмуратова ҳәм А.Төлемисовалар 2-орынды ийелеп Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы тәрепинен диплом менен сыйлықланды.
Спортшыларды чемпионатқа филиалымыз профессор-оқытыўшылардан М.Казаев ҳәм А.Примбетовлар таярлады.
Филиал Баспасөз хызмети.
