Терек нәл егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған жойбарда филиал жәмәәти белсене қатнаспақта
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2-ноябрь күни халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Мәжилисте «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары да көрип шығылды.
Бул жойбар шеңберинде жылына 200 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў, сол арқалы қалалардағы жасыл майданларды ҳәзирги 8 проценттен 30 процентке арттырыў режелестирилген еди. Көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақлар турақ жай мүлк ийелерине жасыл майданлар қурыў ушын бириктириледи ҳәм ол жерде қурылыс ислеўге руқсат берилмейди. Мәкемелер ҳәўлиси, мәҳәллелер, жол ҳәм атыз шетлерине тереклер егиледи деп көрсетпелер берип, 2-ноябрь сәнесинен 10-декабрь сәнесине шекем терек нәллерин егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди. Бунда Қарақалпақстанда – 14 миллион түп нәл егилиўи нәзерде тутылған.
Жойбар шеӊберинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Жанажан Өзбекстанымызды жасыл мәканға айландырыўға өз үлесимизди қосамыз!» акциясы шөлкемлестирилди.
Акцияға филиал басшылары, профессор-оқытыўшылары сабақтан тысқары бос ўақытларында өз басламалары менен техник хизметкерлер менен биргеликте қатнасып, Жанажан Өзбекстанды жасыл мәканға айландырыўда көпшилик заманласларымыз қатарлы өзлериниң үлеслерин қоспақта.
Жасыл қапламалы мәканларды пайда етиўде ҳәм экологиялық жағдайды жумсартыўда жойбардыӊ әҳмийети үлкен. Бунда ҳәр бир заманласымызды бул жойбарда белсене қатнасыўға шақырамыз.
Жойбар даўам етпекте…
Филиал Баспасөз хызмети.



