Мәўсимге таярлық жумыслары қызғын
Ҳәр бир мәўсимниӊ басланыўы адамлардан өзине жараса мәўсимге таярлық жумысларын талап етеди. Яғный, гүз мәўсиминиӊ үлкемизге кирип келиўи менен мәкеме-кәрхана ҳәм шөлкемлерде, ҳәттеки турақ жайларда қыстыӊ қыраўлы күнлеринде ыссы ханаларда өткериў ушын таярлық жумыслары қызғын ҳәўиж алады.
Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы мийнет жәмәәтиде қыстыӊ қыраўлы күнлерине таярлық жумысларын толығы менен жуўмақлады.

Филиалдыӊ техник хызметкерлери тәрепинен гүз-қыс айларында болатуғын жаўын-шашынлы күнлерде батпақ болып адамлардыӊ жүриўлери ушын қолайсызлықлар туўдыратуғын жерлерди де цемент араласпалы қапламалары менен қаплаў жумыслары алып барылмақта.
Бунда, әлбетте, филиалымыздыӊ техник хызметкерлериниӊ ислеп атырған жумыслары мақтаўға ылайық.
Филиал Баспасөз хызмети.


