Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Акцияда қатнасып үлес қосқанымнан қуўанышлыман

Елимиз бойлап экологиялық жағдайды жақсылаў, ҳаўаныӊ тазалығын сақлаў, орынларда жасыл қапламалы майданларды пайда етиў, жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў менен биргеликте қоршаған орталыққа болған сүйиспеншилик сезимин оятыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 2-ноябрь сәнесинде өткерилген видеоселектор мәжилисинде “Жасыл мәкан” акциясы шеңберинде “Әҳмийетли 40 күн” миллий жойбарын жәрияланған еди.

Усы жойбар тийкарында республикамыздыӊ дерлик барлық аймақларында саяманлы, декаратив ҳәм мийўели терек нәллерин егиў жумыслары қызғын басланып кетти. Дәслеп, өзиниӊ әтирап-аймағын тазалап, саяманлы терек ҳәм мийўе нәллерин егиўден баслаған Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы мийнет жәмәәти ҳәм студент жаслар тиккелей президентимиздиӊ басламасы менен жәрияланған “Әҳмийетли 40 күн” миллий жойбарына белсене қатнасып өз белсендликлерин көрсетип көпшликке үлги болмақта.

Жасыл мәканларды пайда етиў мақсетинде «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан ажыратылған алты гектардан аслам жер майданына терек нәллерин егиў ушын бес мыӊнан аслам нөкислилер таӊ азаннан усы орынға жәмленди.

– Президентимиздиӊ тиккелей басламасы менен алға сүрилген бул жақсы басламаны қоллап-қуўатлаймыз. Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалыныӊ бир топар студент жаслары устазларымыз бенен биргеликте «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан ажыратылған алты гектардан аслам жер майданына терек нәллерин егиў ушын жәмлестик. Айдын келешегимиз ушын, келешек әўладларға экологиялық жақтан таза орталықты саўға етиў ушын, шын кеўлимизден, меҳир берип, терек нәллерин егиўге таярмиз ҳәм әлле қашан өз үлеслеримизди қосыў ушын көпшилик қатары терек нәллерин егиў жумысларын баслап жибергенбиз,-дейди Спорт түрлери факультетиниӊ футбол қәнигелигиниӊ 1-курс студенти Атабек Мамбетназаров биз бенен сәўбети барысында өзиниӊ усы басламада қатнасып үлес қосып атырғанлығын мақтаныш етип.  

   

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен қаламыздың экологиялық жағдайын жақсылаў, ҳаўаның тазалығын сақлаў ҳәм жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў менен бирге қоршаған орталыққа болған сүйиспеншилигин арттырыў мақсетинде Нөкис қаласы аймағында өткерилген «Жасыл мәкан» акциясына белсене қатнасқаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.

Филиал жәмәәтиниӊ Министрлер Кеӊеси тәрепинен миннетдаршылық хаты менен сыйлықланыўы, бул жәмәәтимиздиӊ «Жасыл мәкан» акциясына шын кеўилден белсене қатнасып, меҳир менен терек нәллерин егип ҳәм қаламыз абаданлығына үлес қосып атырғанлығыныӊ айқын дәлили. Ўақыт өтип филиалымыз жәмәәти ҳәм студент жаслары тәрепинен егилген терек нәллери өсип байтерекке айланып, экологиялық теӊ салмақлықты сақлаўда әҳмийети үлкен болады деп ойлаймыз ҳәм қаламыз турғынларыныӊ күнделикли турмыс тәшўишлеринен шаршаған ўақытлары тәбият қушағында дем алыўлары ушын пайызлы орынлардан бирине айланады деп исенемен.

Мурат Тилеўбаев,

Филиал Баспасөз хызмети.