Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалына быйыл қанша студент қабылланады?
Қарақалпақстанда спорттыӊ барлық тараўларын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 13-ноябрьдеги 924-санлы қарары тийкарында бурынғы Нөкис спорт колледжиниӊ оқыў базасында шөлкемлестирилген Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалын быйылғы жылы 6 қәнигелик бойынша дәслепки 47 «қарлығашлар» питкерип шықты.
Ал, усы күнлери болса, филиалда 2022-2023-оқыў жылына абитурентлердиӊ ҳүжжетлерин онлайн түрде қабыллаў алып барылмақта.
-Быйылғы жылы бакалавриаттыӊ күндизги тәлим бағдарына 20 қәнигелик бойынша 140, сыртқы тәлимге 18 қәнигелик бойынша 75 студентти қабыллаў режелестирилген,-дейди бизге усы филиалдыӊ қабыллаў комиссиясы мәсләҳәтшиси Надира Нурымбетова.-Соннан велоспорт, қылышпазлық, бадминтон түрлери тазадан ашылып атырған қәнигеликлер болып есапланады. Соныӊ менен бирге филиалда бурыннан бар қәнигеликлер сыпатында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәрбия ҳәм спорт, психология, баскетбол, бокс, волейбол, жүзиў, жеӊил атлетика, гандбол, аўыр атлетика, ескек есиў, футбол, көркем гимнастика, дзюдо, еркин гүрес, миллий гүрес, грек-рим гүреси, шахмат түрлерин айтып өтсек болады.
Әйне күнлери абитурентлерден ҳүжжетлер my.dtm.uz ҳәм my.gov.uz сайтлары арқалы онлайн түрде қабылланбақта. Соныӊ менен бирге, абитурентлерге және де қолайлық жаратыў мақсетинде, Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм филиалымыздыӊ өзинде де ҳүжжетлерин электрон түрде тапсырып, дизимнен өтиўи мүмкин.
Егерде университет филиалына ҳүжжет тапсырыўды қәлеўши абитурентлер яки олардыӊ ата-аналары, жақынларыныӊ быйылғы қабыллаў бойынша қандайда бир қызықтырған сораўлары болса, 61 224-27-78, 61 224-27-73, 90 704-25-22, 90 735-58-47, 91 384-57-53, 99 456-55-99 телефонлары арқалы байланысып, қабыллаў комиссиясы жанындағы мәсләҳәт орайы хызметкерлеринен тийисли кеӊеслер алса болады.
Бизлер филиалда болғанымызда қабыллаў комиссиясы ағзаларынан усы жоқары оқыў орны филиалына ҳүжжет тапсырған абитурентлердиӊ республикамыздағы басқа жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсыра алмайтуғынын ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў 20-июльға шекем қабылланатуғынлығын билип алдық. Сонлықтан жоқарыда аты көрсетилген спорт қәнигеликлерине қызығыўшы жаслар мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып қалады, деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
