Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Ilimiy-izertlew iskerligi

   Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында студент жасларға 6 илим кандидаты ҳәм философия докторлары, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириўи ағлалары, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы, спорт устасы ҳәм спорт усталығына кандидат профессор оқытыўшылар тәлим-тәрбия сырларын үйретип келмекте. Профессор-оқытыўшылардың илимий потенциалы – 30%, орташа жасы болса – 40 жасты қурайды. Бүгинги күнде филиалда 7 профессор-оқытыўшы  өз бетинше излениўши сыпатында докторлық диссертациялары үстинде илимий-изертлеўлер алып бармақта.

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында дене тәрбия ҳәм спорт тараўы бойынша илимий-изертлеў, дөретиўшилик, инновациялық искерликти раўажландырыў ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаўдағы стратегиялық мақсети

-Дене тәрбия ҳәм спорт тараўы бойынша илимий-изертлеў, дөретиўшилик инновациялық искерликти раўажландырыў ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў;

-Филиалдыӊ кадрлар сиясатын әмелге асырыў;

-Филиалды республикада жетекши илимий-билимлендириў орайы сыпатында көрсетиўди тәмийинлейтуғын фундаментал ҳәм әмелий илимий- изертлеў, дөретиўшилик, инновациялық искерликти раўажландырыў;

-Филиалды халықаралық инновациялык хызмет орайы дәрежесине шығарыўға қаратылған.

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында  дене тәрбия ҳәм спорт тараўы бойынша илимий-изертлеў, дөретиўшилик, инновациялық искерликти раўажландырыў ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў бойынша ўазыйпалары

-Дене тәрбия ҳәм спорт тараўы бойынша билимлендириў ҳәм илимий изертлеў ислери бирлигин тәмийинлеў;

-грант таӊлаўлары, жойбарлар, хожалық шәртнамалары тийкарындағы изертлеўлерде қатнасыў арқалы илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық искерликти диверсификация етиў шеӊберин кеӊейтиў;

-илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық жойбарлар сапасы ҳәм қаржыландырылыўын арттырып барыў;

-студентлерди илимий-изертлеўлерге тартыў, қәбилетли, зийрек студентлер менен индивидуал ислеў шеӊберин кеӊейтиў, оларды магистратура-таяныш докторантура-докторантура системасында мақсетли тәрбиялап барыў жумысларын күшейтиў;

-жоқары мағлыўматлы илимий, илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў жумыслары нәтийжелилигин арттырыў;

-фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар, мәмлекетлик грантлар таӊлаўына ылайық, сондай-ақ, хожалық шәртнамалары тийкарында орынланатуғын илимий-изертлеў темалары спектрин кеӊейтиў.