ЗЫЯРАТ ТУРИЗМИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Президентимиздиӊ 2021-жыл февраль айындағы «Өзбекстан Республикасы ишки туризмди және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 24-февраль сәнесиндеги «Ишки зыярат туризмди раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент жасларыныӊ бос ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде республикамыз аймағында жайласқан «Султан Уайс баба» ҳәм «Шайх Жалил баба» зыярат орынларына саяхатлар шөлкемлестирилди.
