«ҚУЎНАҚЛАР ҲӘМ ЗИЙРЕКЛЕР» ТАӉЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент жасларыныӊ оқыўдан бос ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериў мақсетинде филиал директор кубоги ушын «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы болып өтти.

Өткерилген таӊлаўда қатнасыўшы командалар «сәлемнама», «биатлон» ҳәм «музыкалы үйге тапсырма» шәртлери арқалы театрластырылған көринислери менен өзлерин, таңлаған кәсибин тәрийплеўи, кәсибиниң өзгешелик белгилери, жәмийеттиң раўажланыўында тутқан орны, сөз шеберлиги, жәмийетлик орынларда өзин тута билиўи, сөйлесиў, кийиниў, көшеде жүриў мәденияты ҳаққында жасларға үлги болыўы, дослықты, мухаббатты, жаслық дәўирди улығлаўы ҳәм студентлер арасында ушырасып туратуғын айырым жаман иллетлерди сынға алыўшы қосықлар арқалы жеткерип берди.

Қызғын беллесиўлерге бай таӊлаў жуўмағында «Аналгин» камандасы 1-орынды, «Смайл» командасы 2-орынды жеӊип алыўға еристи.

Жеӊимпаз команда Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
