ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИҢ «ПАРАЛИМПИЯ ҲӘРЕКЕТЛЕРИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА ҚАРАТЫЛҒАН ҚОСЫМША ИС-ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ҚАРАРЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ
Өзбекстанда физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларға спорт пенен шуғылланыўлары ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың халықаралық спорт майданларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президент “Паралимпия ҳәрекетлерин раўажландырыўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарарына қол қойды.
Қарарға муўапық барлық түрдеги спорт билимлендириў комплекслеринде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар ушын спорт бөлимлерин басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳәм қәбилетке ийе болған физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды таңлап алыў, оларды спорт түрлерине бағдарлаў, таярлаў ҳәм жоқары спорт шеберлигине ерисиўин тәминлеўши үзликсиз бир комплекс системаны енгизиў белгиленди. Сондай-ақ, ҳүжжетте паралимпия спорт түрлери бойынша тәжрийбели қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў системасын жаратыў ҳәм илимий излениўлер алып барыў көзде тутылған.
Қарар менен физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўлерин хошаметлеў, физикалық ҳәм социаллық бийимлесиў интеграциясын мәнзилли тәмийинлеў режелестирилмекте.
Спорт билимлендириў комплекслеринде (солар қатарында, жоқары оқыў орынларында) жумыс ислеп атырған паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеў системасын күшейтиў сыяқлы мәселелер ҳәм қарарда өз сәўлелениўин тапқан. Қарарда Паралимпия комитети Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясының ҳуқықларыи, мәжбүриятлары ҳәм шәртнамалары, яғный халықара шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланады. Паралимпия комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:
- паралимпия спорт түрлерин ғалабаластырыў, қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм оларды профессионал спортшылар қатарына таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;
- жазғы ҳәм қысқы паралимпия спорт түрлерин раўажландырыўға көмеклесиў, спорт объектлери ҳәм биналарының концепциялары, техник тапсырмалары, техник-эканомикалық тийкарлары параметрлери ҳәм басқада жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыўда қатнасыўы;
- паралимпия спорт түрлери менен шуғылланатуғын тренерлер, методистлер ҳәм басқада қәнигелерди қайта таярлаў, тәжрийбесин арттырыў ҳәм қәнигелигин жетилистириўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели системасын енгизиў;
- республикада яки басқа халықаралық спорт федерациялары (ассоциациялары) ҳәм басқа шөлкемлерде өз ағзаларының ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин сәўлелендириў ҳәм қорғаў, өз ағзаларын хабар, илмий-методикалық ҳәм материаллық-техникалық тәрепинен тәмийинлеў;
- паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў бойынша клублар хызметин шөлкемлестириў ҳәм нәтийжели басқарыў, миллий ҳәм халықаралық спорт шөлкемлери менен жақыннан бирге ислесиў ҳәм тәжрийбе алмасыў.
Буннан тысқары Президенттиң жаңа қарары менен паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм улыўмаластырыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде Паралимпия комитетиниң аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Паралимпия ҳәрекетлерин раўажландырыўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары менен Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Паралимпия факультети шөлкемлестириледи.
Усының менен бирге, Паралимпия комитети жанында юридикалық статусқа ийе болған Паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелерди таярлайтуғын институты шөлкемлестириледи.
Институт паралимпия спорт түрлери менен шуғылланыўшы тренерлер, методистлер ҳәм басқада қәнигеликлерди қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыўға қәнигелескен илимий-билимлендириў орны есапланады.
Институт хызметин қаржыландырыў дереги етип шәртнама (пуллы) тийкарында көрсетилетуғын хызметлер, юридикалық ҳәм физикалы шахслар, яғный, норезидентлердиң қәўендерлик жәрдемлери, халықаралық ҳәм шет ел грантлары, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дереклер белгиленеди. Буннан тысқары, қосымша қаржыландырыў ушын мәмлекет бюджети қаржыларыда ажыратылыўы мүмкин.
Мәмлекетимизде бир жылда бир мәрте Параспорт халықаралық фестивалы өткериледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарарында мәлим етилген.
2021-жыл 1-сентябрь сәнесинен баслап “Спорт ҳәмме ушын” жойбары шеңберинде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды параспорт түрлери менен кең қамтып алыў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетке интеграция етиў мақсет қылынған.
Қарар менен ҳәр жылы “3-декабрь – Халықаралық майыплар күни”не бағышлап көзи әззилер, шала еситиўшилер ҳәм ампутантлар арасында параспорт түрлери группасына киритилген Парастол тенниси, 5х5 футбол, голбол, паражеңил атлетика, парапауерлифтиң, парабадминтон, шахмат ҳәм басқа спорт түрлери бойынша Ташкент қаласында республика параспорт фестивалы, соның менен бирге басқа аймақларда параспорт фестиваллары шөлкемлестириледи.
Ҳүжжетте мүмкиншиликлери шекленген балалар ушын қәнигелестирилген тәлим мәкемелери (мектеплер, мектеп-интернатлар) оқыўшылары арасында паралимпия спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилип, белгили спортшылар тәрепинен сабақлар, семинарлар, конференция ҳәм дөгерек сәўбетлери өткериледи.