ТИМУШИН ӨЗБЕКСТАН ЧЕМПИОНЫ БОЛДЫ
Наўайы ўәлаятының Зарафшан қаласында спорттың пауерлифтинг түри бойынша 2003-2004-жылы туўылған жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында филиалдың «Бокс» бағдарының 1-курс студенти Тимушин Шимбергенов өз салмақ категориясында барлық қарсыласларынан үстин келип Өзбекстан чемпионы болды ҳәм Өзбекстан Республикасы туризм ҳәм спорт министрлигиниң I дәрежели дипломы менен сыйлықланды.

Тимушинға бүгинги күнде Адил Айтмуратов тренерлик етип келмекте.