Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ФИЛАЛЫМЫЗ ВОЛЕЙБОЛШЫ ҚЫЗЛАР КОМАНДАСЫ ЖЕҢИМПАЗЛАР ҚАТАРЫНДА

Алдын хабар еткенимиздей, республика жаслар фестивалы шеңбериндеги ҳәр қыйлы илажлар Нөкис қаласында да жоқары көтериңкилик руўхында болып өтпекте.

Бул илажларда елимиздиң барлық жаслары қатарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының да студент-жаслары өзлериниң белсендилиги менен көзге тасланбақта.

Атап айтқанда, бүгинги жаслардың талғамына сай креатив жойбарлары, өзгеше идеаларға бай шығыўлары менен кѳтериңкилик руўхта шөлкемлестирилип атырған жаслар фестивалы шеңберинде өткерилген спорт жарысларында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының қыз балаларынан дүзилген филиал волейбол сайланды командасы қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өткен жарыс жуўмағында сыйлы үшинши орынды ийеледи.

Филиалымыздың волейболшы қызлар командасын ерискен жеңиси менен қызғын қутлықлап қаламыз.

Фестиваль илажлары даўам етпекте…

Филиал Баспасөз хызмети.