«ЖАЎЫЗЛЫҚҚА ҚАРСЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ» АТАМАСЫНДА КЕШЕ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Нөкис қаласы ҳәкмилигиниң Дин ислери бойынша бөлиминиң шөлкемлестириўинде «Жаўызлыққа қарсы билимлендириў» атамасында саўбетлесиў кешеси болып өтти.
Илажға Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары қатнасты. Кешени филиалдың оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Б.Утемуратов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Соң сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Дин ислери бойынша бөлими бас қәнигеси, Қарақалпақстан Мусылманлар қазияты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети қәнигеси, Ишки ислер министрлигинен ҳәм Туризим ҳәм спорт министирлигинен келген тараў қәнигелери ҳәзирги ўакытта өзине ислам динин нықап етип алып, өзиниң ғәрез нийетлерин әмелге асырыўды мақсет етип алған ҳәм дүнья жүзи мәмлекетлерине қәўип салып турған терроризм ҳәм диний экстремизм ағымларының күшейиўине жол коймаў ҳәм оған жасларымыздың қосылып қалыўларының алдын алыў, республикамыз аймағында жынаятшылықты болдырмаў, қыз балалар арасында ерте неке қурыўдың алдын алыў, саяхат етиў мәдениятын қәлиплестириў, қәўипсизлик мәселелерине итибар қаратыў, яғный, көшеде яки жәмийетлик орынларда гүмат пайда ететуғын нәрселерди сезип қалған жағдайда дәрҳал ҳуқық қорғаў уйымларына хабар бериў кереклиги екенлигине айрықша итибар қаратылды ҳәм илаж барысында қатнасыўшыларға видео ролик қойып берилди.

Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет жасларымыздың ҳәр түрли диний ағымларға қосылып кетиўлериниң алдын алыў ҳәм оларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселелерине айырықша итибар қаратылды. Илаж қатнасыўшылары тийисли тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
ЎзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.