Logo
Ózbekstan Respublikası
Dene tárbiya hám sport
universiteti Nókis filialı

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ФУТБОЛ БОЙЫНША ХХVIII ЧЕМПИОНАТЫ УШЫН ОЙЫНЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-май күнги «Аймақларда футбол ассоциациялары хызметин жǝне де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде ҳәм  Қарақалпақстан Республикасында футбол спорты түрин ғалабалық түрде раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў, баллар ҳǝм жас ɵспиримлерди футболға таярлаў, тǝрбиялаў, халық саламатлығын беккемлеў, «Арал самалы» футбол клубы ушын исенимли резервти қǝлиплестириў, ең күшли командаларды анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатының үшинши тур ойынлары ɵткерилмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатының үшинши тур ойынлары ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳǝм ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының командалар ɵз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай тǝризде болып ɵткен жарыс ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының командасы қурамы ағзасы М.Қутлымуратовтың голы менен үшинши тур ойынлары 1:0 есабында жуўмақланды.

 Яғный, ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы қарсылас команданы 1:0 есабында жеңип, жеңиске еристи.

ϴзбекстан мǝмлекетлик дене тǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасын ойынға тренер И.Абдуллаев таярлады.

Филиал Баспасɵз хызмети