Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

Дыққат жаңалық! ӨзМДТСУ Нөкис филиалында майыплығы болған шахслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында 6 ты орын ажыратылды

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 2021-жыл
2- июль күнги 1-санлы баянламасына тийкарланып 2021-2022-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына абитуриентлерди қабыллаў квотасының улыўмалық санынан келип шығып майыплығы болған абитуриентлер ушын қосымша еки пайыз мәмлекетлик грантлары ажыратылады. Яғный, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында майыплығы болған абитуриентлер ушын қосымша 6 ты мәмлекетлик грант орынлары ажыратылады. Соннан 4 орын күндизги ҳәм 2 орын сыртқы тәлим ушын бөлистирилген.

ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.