Shrift ólshemi

Kórinis

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ
ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK
DENE TÁRBIYASÍ HÁM SPORT
UNIVERSITETI NÓKIS FILIALÍ

ӨЗИНЕ ТӘН МУЗЕЙГЕ САЯХАТ

Усы жылдыӊ март айында Президентимиз тәрепинен “Руўхый-ағартыўшылық жумысларын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында” ғы қарары қабыл етилип, қарар тийкарында жаслар руўхыйлығын байытыў, олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы тәрепиненде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Яғный, өзинде топланған бай экспонатлары менен дүнья жүзи халықлары туристлерин өзине тартқан И.В.Савицкиий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем-өнер музейи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм көркем-өнер музейлерине филиал студент жасларыныӊ саяхаты шөлкемлестирилди. Саяхат барыснда студент жаслар халық көркем-өнер экспонантлары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, филиал студент-жаслары Бердақ атындағы Қарақалпақ музыкалы академик театры саҳнасында қойылып атырған Ч.Айтматовтыӊ “Жамила”, Эркин Агзамның “Жалғыз қайық” драмаларын тамашалады.