2021-2022-ОҚЫЎ ЖЫЛЫНАН ЖЕҢИЛ АТЛЕТИКА, АЎЫР АТЛЕТИКА, ҚОЛ ТОБЫ, ГРЕК-РИМ ГҮРЕСИ ҲӘМ ШАХМАТ БАҒДАРЛАРЫ АШЫЛДЫ
Қарақалпақстан Республикасында дене тәрбиясы ҳәм спортты ғалабалық түрде раўажландырыў, халқымыз, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, халықаралық спорт жарысларында мүнәсип қатнаса алатуғын, дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында сапалы жоқары тәлимди әмелге асырыў арқалы ҳәр тәреплеме раўажланған, руўхый жетик, еркин пикирлеў қәбилетине ийе, жәмийеттиң илимий-техникалық, социал-экономикалық ҳам мәдений раўажланыўын тәмийинлейтуғын жоқары мағлыўматлы бәсекиге шыдамлы қәнигелерди таярлаў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жылы 13-ноябрь күни 924-санлы қарары менен Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы шөлкемлестирилди.
Филиал 2018-2019-оқыў жылында 7 бакалавр тәлим бағдары бойынша 50 студент пенен өз жумысын баслаған еди. Бүгинги күнде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында баскетбол, бокс, волейбол, жүзиў, ескек есиў, футбол, көркем гимнастика, дзюдо, кураш, мектепке шекемги басланғыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт, психология (спорт), еркин гүрес бағдарларында студентлер билим алып атырған болса, 2021-2022-оқыў жылынан баслап тазадан жеңил атлетика, аўыр атлетика, қол тобы, грек-рим гүреси ҳәм шахмат бағдарлары ашылды ҳәм абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў басланды.
ӨзМДТСУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.