Logo
Ózbekstan Respublikası
Dene tárbiya hám sport
universiteti Nókis filialı

ЕСЛЕЎ- МУҚАДДЕС, ҚӘДИРЛЕЎ- ӘЗИЗ

Екинши Жер жүзилик урысына Өзбекстаннан 1 миллион 433 мыӊ 230 жерлесимиз Ўатан тынышлығы, ҳәр бир қарыс жери ушын қанлы саўаш майданына қатнасты. Соннан 604 мыӊ 52 ўатанласларымыз урыс майданларынан бир өмирге майып болып елимизге қайта оралған болса, ал, 450 мыӊнан артық жерлеслеримиз қанлы саўаш майданында қаза тапты.

9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» улыўмахалықлық байрам мүнәсибети менен Өзбекстан дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент жаслары арасында ўатанласларымздыӊ Екинши Жер жүзилик урыста көрсеткен мәртлик ҳәм ерликлерин сәўлелендириўши «Урысты еслеп» атамасында шығарма жазыў ҳәм сүўрет салыў таӊлаўлары шөлкемлестирилди.

Таӊлаў жуўмағында студент жаслар арасынан жеӊимпазлар анықланып олар Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды