Ийс газден сақланыӊ
Қыстыӊ суўық кунлери басланыўы менен ҳаўа райы кескин пәсейип баратуғынлығы ҳәммеге мәлим. Биз жасап турған үй ишин ысытыў ушын түрли шаралар көре баслаймыз. Электр ысытқыш үскенелери, тәбий газ яки ысытыўдыӊ басқа түрли жолларын пайдаланамыз. Қарарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы қәнигелери менен биргеликте, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы жәмәәти тәрепинен ˝Ийс газден сақланыӊ˝, ˝Ийс газден зәҳәрлениўден абайлы болыӊ˝ ураны менен көргизбели түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Илажды, филиал Оқыў ислери бойынша директор орынбасары Б.Утемуратов ашып берди ҳәм алып барды.Бунда, филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлер ҳәм студент жаслар қатнасты.

Қарарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығыныӊ профилактика бойынша орынбасары, Подполковник М. Сейдуллаев сөзге шықты ҳәм өз сөзинде, ийс газиниӊ пайда болыўы, оныӊ жағымсыз ҳәдийселердиӊ алдын алыў, ийс газинен зәҳәрленгенде биринши жәрдем көрсетиў усылларын кеӊ түрде түсиндирди. Ийс гази-бул реӊсиз болып, оныӊ еӊ қәўипли тәрепи өкпе арқалы кирип, қанға сиӊеди ҳәм қандағы кислород орнын ийелейди. Буныӊ ақыбетинде кислород жетиспеўи гипоксия жүз береди. Адам денесиндеги орайлық нервтыӊ зәҳәрлениўине алып келген күшли зәҳәрлениў жүз бергенде тез жәрдем көрсетилмесе, инсан өмирден көз жумыўы мүмкин. Зәҳәрлениў жүз бергенде адамныӊ дем алыўы қыйынласып, ҳәттеки ҳәрекетсиз қалыўы да мүмкин. Зәҳәрленген адамға биринши жәрдем көрсетилгенде таза ашық ҳаўаға алып шығыў, ыссы ҳәм тыныш бөлме менен тәмйинлеў, сүт ишириў, жасалма дем берилиўи керек ҳәмде 103 рақамы арқалы тез жәрдемге, 104 телефон рақамы арқалы газ тармақларына, сондай ақ, қәўипли жағдайлар жүз бергенде 1050 телефон номерине қоӊыраў етип Қутқарыў хызметине мүрәжат қылыўы мүмкин.

Илаж даўамында Қарарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы қәнигелери тәрепинен талабаларға, ийс гази ақыбетинде келип шығатуғын жағымсыз ҳәдийселер жүз бергенде қолланылатуғын үскенелер менен таныстырды ҳәм бундай жағымсыз ҳәдийселердиӊ алдын алыўда бәршени биргеликте итибарлы болыўға шақырды.
