МИЙНЕТИ МҮНӘСИП БАҲАЛАНДЫ
Пайтахтымыз Нөкис қаласының ортасынан ағып өтиўши «Дослық» («Қызкеткен») каналына өзин суўға таслаған қызды суўдан қутқарып алып қалыўда ҳәм оған тез биринши медициналық жәрдем көрсетиўде жәмийетлик тәртипти сақлаўға бириктирилген патруль бағдарында хызмет алып барып атырған Миллий гвардияның әскерий хызметкерлерине жақыннан жәрдем бергени ушын Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының «Ескек есиў» бағдарының 1-курс студенти Е.Қуўанышбаев Қарақалпақстан Республикасы Миллий гвардия Бас басқармасы тәрепинен естелик саўғасы менен сыйлықланды.
Филиал Баспасөз хызмети.